🇨🇳 Қытай көшелеринде илимпазлар «жулдыз»ға айланбақта
Қытайдың Чженчжоу қаласы метросы ҳәм айырым қалаларында реклама экранлары ҳәм үлкен баннерлерде белгили илимпазлардың портретлери пайда болмақта.
Олардың арасында Қытайдың ракета-космослық бағдарламасына үлкен үлес қосқан Цянь Сюэсэн, ядро физиги Дэн Цзясянь, Нобель сыйлығының лауреаты Ту Юю ҳәм белгили агроном Юань Лунпин сыяқлы илим ғайраткерлери бар.
Итибарлы тәрепи, айырым орынларда илимпазлардың портретлери ҳәттеки қымбат коммерциялық реклама орнына жайластырылған.
Буннан тийкарғы мақсет, жәмийетте илимпазларды да белгили инсанлар, үлги ҳәм миллий қаҳарманлар сыпатында көрсетиў.
Яғный, рекламада тек ғана актёр, қосықшы яки инфлюенсер емес, ал илимпаз да «жулдыз» болыўы мүмкин. Бундай қатнас, әсиресе, жас әўлад ушын әҳмийетли: олар кимлерге ҳәўес етиў, кимлерден үлги алыў кереклиги ҳаққында басқаша көзқарасқа ийе болады.
Қытай социаллық тармақларында буған байланыслы – «Әне, негизинде кимлерге ерисиўимиз керек» деген мазмундағы пикирлер де тарқалмақта.
Бул тәжирийбени бизиң мәмлекетимизде де қолланыў мақсетке муўапық болар еди.
Мәселен, метро, аэропорт, вокзал, университет, мектеплер ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда Өзбекстаннан шыққан белгили илимпазлар, алымлар, ойлап табыўшылар ҳәм илим-билимге өмирин бағышлаған инсанлардың портретлери ҳәм олардың ел раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында қысқа мағлыўматлар жайластырылса, бул тек тарийхый шахсларды еске түсириў емес, ал жасларға «мен де илим арқалы елге пайда келтире аламан» деген ойды бериўге хызмет етер еди.
Жәмийет кимди қаҳарман дәрежесине көтерсе, жас әўлад көбинесе соған қарап бағдар алады.
Сонлықтан көшелеримизде тек коммерциялық рекламалар емес, илимди, билимди ҳәм жаңалық ашқан инсанларды да көбирек көрсетиў — келешекке салынған инвестиция болыўы мүмкин.
Қытай социаллық тармақларында тарқалған «Әне, негизи кимлерге ерисиўимиз керек» деген пикирдиң астарында да үлкен ҳақыйқат бар.
Бәлким, келешек илимпазларды бүгиннен «жулдыз»ға айландырыўдан баслаў керек шығар.
Ағза болың 👉